Паспорты жоғалған ямаса алмастырыў ушын тапсырған абитуриентлер имтихан алдынан қандай илаж көриўи керек?
Ҳуқуқтаныўшы ҳәм блогер Хушнудбек Худайбердиев өзиниң Telegram’дағы каналында паспорты жоғалған ямаса алмастырыў ушын тапсырған абитуриентлер имтихан алдынан қандай жол тутыўы кереклиги ҳаққында мағлыўмат берди.
Егер абитуриент паспортын алмастырыў ушын тапсырған болса:
- Паспорт алмастырыў ушын арза тапсырған «паспорт столға» жүзеге келген жағдай ҳаққында мүрәжат етеди;
- ИИБ ҳақыйқатында да паспорт алмастырыў ушын тапсырылғанлығын тастыйықлап, арнаўлы 09-форма (Forma-09) көринисиндеги мағлыўматнаманы толтырып береди;
- 09-формада пуқараның сүўрети ҳәм паспортта көрсетилиўи керек болған мағлыўматлар (идентификация номери, паспорт сериясы ҳам номери) болыўы керек, бул мағлыўматнама арнаўлы мөр менен тастыйықланады;
- Таяр болған 09-форма ўақтынша паспорт орнына қолланыўға болады ҳәм усы ҳүжжет пенен ЖОО ға ҳүжжет тапсырыў мүмкин.
Аўдарма: Сахибжамал Есемуратова