5 жыллық стажға ийе хызметкерлер усыныс тийкарында тест сынақларысыз студентликке қабыл етиледи
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «2019-2020-оқыў жылында Өзбекстан Республикасының жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаўдың мәмлекет буйыртпасы параметрлери ҳаққында»ғы қарарына муўапық, келеси оқыў жылынан баслап министрлик, мәкеме ҳәм ири хожалық бирлеспелериниң талабынан келип шығып, күндизги тәлим формасының бакалавриат тәлим бағдарларына сәйкес бағдарлар бойынша дифференциацияластырылған төлемли-контракт тийкарында сыртқы ҳәм кешки тәлим формасында оқытыўды шөлкемлестириў ҳуқуқы берилди.
Бунда, оқыўға қабыллаў тийисли жумыс бериўшиниң усынысы тийкарында кеминде бес жыл стажға ийе болған хызметкерлер есабынан соңын ала усы системада бес жыл ислеп бериў шәрти менен жумыс искерлигине сәйкес болған бакалавриат тәлим бағдарларына сәўбет нәтийжелерине тийкарланып әмелге асырылады.
Дифференциацияластырылған төлемли-контракт муғдары жоқары оқыў орнының аймақлық жайласыўы, абитуриентлердиң жоқары билимлендириўге болған талабын есапқа алған ҳалда дифференциацияластырылған төлемли-контракт муғдарының мәмлекет комиссиясы тәрепинен белгиленген минимал есесинен кем болмаған муғдарында жоқары оқыў орынлары тәрепинен ғәрезсиз түрде белгиленеди.
Дифференциацияланған төлемли-контракт бойынша кириў имтиханлары нәтийжесине муўапық, жоқары оқыў орынларына мәмлекет буйыртпасы параметрлери бойынша оқыўға усыныс етилмеген абитуриентлердиң арзаларына муўапық олардың топлаған баллары қатаң избе-изликке бойсынған ҳалда әмелге асырылады.
Сахибжамал Есемуратова