Қарақалпақстанда ыссы ҳаўа температурасы байқалады

Гидрометеорология хызмети орайының берген мағлыўматына қарағанда, 30-июнь — 2-июль күнлери Өзбекстан аймағында Ираннан Түркменстан арқалы ыссы ҳәм қурғақ ҳаўа ағымының кирип келиўи байқалады.
30-июнь —1-июль күнлери Қарақалпақстан ҳәм Хорезмде, 1-2-июль күнлери қалған аймақларда да ҳаўаның температурасы көп жыллық көрсеткиштен 5-7 дәрежеге жоқары болады.
Күндизги ўақытта ҳаўаның температурасы 40-43 дәреже, қубла шөл аймақларында 44-45 дәрежеге шекем көтериледи.

Сахибжамал Есемуратова