ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институтта белгили спортшы жаслар менен ушырасыў болып өтти

Бүгин, 29-июнь күни Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының киши мәжилислер залында елимиз байрағын республикалық ҳәм халықаралық ареналарда көклерге желбиретип, халық алғысына ерисип, теңлеслерине үлги болып киятырған бир топар жас, үмитли спортшылар менен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўды институттың жаслар менен ислесиў мәселелери бойынша проректоры Қ.Қадиров басқарып барды.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт министрлиги қәнигеси Әлийшер Темирбаев, еркин гүрес бойынша Азия чемпионаты сыйлы орын ийеси, халықаралық көлемдеги спорт устасы Қундыз Нарбаева, шотокан каратэ-до спорты бойынша жәҳән чемпионы, халықаралық көлемдеги спорт устасы Айбек Әўезов, спорттың шахмат түри бойынша Азия чемпионы, халықаралық көлемдеги спорт устасы Моҳим Оразмуҳаммедовалар сөзге шығып, спорттың инсан саламатлығын тәмийинлеўдеги орны, бүгинги күнде елимизде спортты раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳәм олардың нәтийжеси, сондай-ақ, өзлериниң спортқа кирип келиўинен жоқары шеклерге жетиўине шекемги басып өткен жоллары ҳаққында айтып берди.

— Өткен жылы усы институттың дене мәденияты факультетин табыслы тамамлап, Нөкис олимпия резервлери мектеп-интернатына тренер болып жумысқа кирдим, — дейди еркин гүрес бойынша Азия чемпионаты сыйлы орын ийеси, халықаралық көлемдеги спорт устасы Қундыз Нарбаева. – Жумысым даўамында оқыўдағы ийелеген билим ҳәм көнликпелеримди қоллап, өсип киятырған жас әўладқа билим берип киятырман. Усылардың нәтийжесинде быйылғы жылы еки шәкиртим тест сынақларысыз студент болыў бахтына еристи. Келеси жыл ушын енди төрт шәкиртимди усындай бахытқа ерисиўи ушын мийнет етип атырман.

Ушырасыў сораў-жуўап тәризинде даўам етти ҳәм студентлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.