Хош хабар! Олимпиада күни мүнәсибети менен өткерилген жарыста институт студенти 1-орынды ийеледи
Бүгин, 5-июль күни пайтахтымыз Нөкис қаласында «Олимпиада күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт министрлиги шөлкемлестириўинде жуўырыў марафоны болып өтти.
Марафон пайтахтымыздағы ТИТУ Нөкис филиалы академиялық лицейи алдынан 55 метрлик бийикликте мәмлекетлик байрақлар жайласқан орайлық майданға шекем өткерилди.
Қуўанышлы тәрепи, марафонда институттың дене мәденияты факультети 1-курс студенти Қуўатжан Әбдимуратов та қатнасты ҳәм 1-орынды ийеледи.
Жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери мүнәсип сыйлықланды.