Ертең Қарақалпақстанда ҳаўа райы неше градусқа ысыўы күтилмекте?
Республикалық Гидрометеорологиялық орайының хабар бериўинше, ертең, 6-июль күни Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа бираз бултлы болады, айырым жерлерде өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды.
Шығыстан секундына 7-12 метр тезликте самал еседи.
Түнги ўақытлары 22-27 градус, күндизги ўақытлары 35-40 градус ыссы болыўы күтиледи.
Ислам Матеков.