ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Кириў имтиханларысыз Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты студенти болған жаслар менен танысың

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2008-жыл 13-октябрьдеги «Өзбекстанның талантлы жасларын сыйлықлаў ҳәм материаллық жақтан хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы 226-санлы қарарының 5-қосымшасына муўапық, халықаралық ҳәм республикалық олимпиадалар, таңлаўлар, жарысларда жеңимпаз болған академиялық лицей, кәсип-өнер колледжлери ҳәм улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшыларына жоқары оқыў орынларына кириў имтиханларысыз студент болыў имканияты жаратып берилген.

Быйылғы жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының дене мәденияты факультетине усындай үмитли жаслардан 10 ы кириў имтиханларысыз студентликке қабыл етилди.

Олар:

1) Оразмуҳаммедова Маҳым Абдикарим қызы – шахмат спорт түри;

2) Раджапов Алишер Мухадинович – аўыр атлетика спорт түри;

3) Жамаладдинова Миясар Икрам қызы – аўыр атлетика спорт түри;

4) Узақбергенова Зуҳра Расберген қызы – аўыр атлетика спорт түри;

5) Жарылқағанова Меҳрийбан Абылқасым қызы – академиялық ескек есиў спорт түри;

6) Есбергенова Озода Мақсет қызы – еркин гүрес спорт түри;

7) Айымбетова Дилфуза Оразымбетовна – еркин гүрес спорт түри;

8) Жумабаева Арыўхан Абатовна – еркин гүрес спорт түри;

9) Орынбаев Озод Парахат улы – дзюдо спорт түри;

10) Юлдашев Шерзод Камил улы – стол тенниси спорт түри.

 

Ўақтынан бурын студентлик бахтына ерискен жасларды қутлықлап, елимиз байрағын көклерге көтерип жүриўине тилеклеслик билдиремиз.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.