ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Магистратураға оқыўға кириў ушын ҳүжжет тапсырыў нийетинде болған абитуриентлер дыққатына

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 20-июньдағы 393-санлы қарары тийкарында тастыйықланған «Жоқары билимлендириў мәкемелериниң магистратурасына оқыўға қабыллаў тәртиби ҳаққында»ғы Режеге муўапық, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-июньдағы ПҚ-4359-санлы қарарының 2-(д)-бәнтинде белгиленген тәртип тийкарында 2019-2020-оқыў жылы ушын магистратураға қабыллаў бойынша түрлес жоқары билимлендириў бағдарларының дизими тастыйықланды.

Барлық бакалавриат билимлендириў бағдарларының питкериўшилери 2019-2020-оқыў жылы ушын магистратураға қабыллаў бойынша түрлес жоқары билимлендириў бағдарларының дизимине киргизилмеген бакалавриат билимлендириў бағдарлары тийкарындағы қәнигеликлер, сондай-ақ, «Шақырыққа шекемги әскерий билимлендириў», «Хореография (түрлери бойынша)», «Дирижёрлық (түрлери бойынша)», «Режиссёрлық (түрлери бойынша)», «Актёрлық өнери (түрлери бойынша)», «Ветеринария» билимлендириў бағдарлары тийкарындағы қәнигеликлерден тысқары қәлеген магистратура қәнигеликлери бойынша таңлаўда қатнасыў ҳуқықына ийе.

Магистратура қәнигеликлерине сәйкес бакалавриат билимлендириў бағдарларын питкерген бакалаврлардан тысқары, басқа бакалавриат билимлендири бағдарларының питкериўшилери мәмлекетлик грант тийкарында белгиленген мақсетли қабыллаў параметрлери болған магистратура қәнигеликлерине таңлаўда қатнаса алмайды.

 

Төмендеги силтеме арқалы сиз 2019-2020-оқыў жылы ушын магистратураға қабыллаў бойынша түрлес жоқары билимлендириў бағдарларының дизимин көриўиңиз ҳәм жүклеп алыўыңыз мүмкин.

 

УСЫ ЖЕРГЕ БАСЫҢ.

 

Ислам Матеков.