Аномал ыссы қашанға шекем даўам етеди? Салқын ҳаўа райы кирип киятырғаны рас па?
Өзбекстан бойынша аномал ыссы ҳаўа райынан соң жақын күнлер ишинде ҳаўаның температурасы төменлейди. Бул ҳаққында Өзгидрометке тийкарланып Спутник хабар берди. Жақын күнлер ишинде температура күндизги ўақытлары +32 градус ыссы, түнги ўақытлар +18 градусқа шекем жыллы болыўы күтиледи.
Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасында бултлы ҳаўа райы бақланады, жаўын-шашын болмайды, ҳаўаның температурасы +36 градусқа шекем жыллы болады.
Еслетип өтемиз, Өзбекстан бойынша аномал ыссы ҳаўа райы еки ҳәптеден берли даўам етпекте.
Ислам Матеков.