ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

#Live_ijodiy2019 Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында айырықша қәбилет талап етилетуғын билимлендириў бағдарларына кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды

Бүгин, 25-июль күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2019-2020-оқыў жылы ушын айырықша қәбилет талап етилетуғын билимлендириў бағдарлары – сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы, музыкалық тәлим ҳәм дене мәденияты бакалавр бағдарларына кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар басланды.

Сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы (күндизги) билимлендириў бағдарының  қарақалпақ ҳәм өзбек топарлары ушын реңли сүўрет ҳәм графика, музыкалық тәлим (күндизги) бағдарының қарақалпақ топары ушын саз-әсбапларында ойнаў, қосық айтыў шеберлиги ҳәм музыка теориясы, сондай-ақ, дене мәденияты (күндизги) билимлендириў бағдарының қарақалпақ, өзбек ҳәм рус топарларына волейбол ҳәм баскетбол бойынша кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар даўам етпекте.

Имтиханлардың әдил түрде өтиўи ҳәм баҳаланыўы ушын бирге ислесиўши жоқары оқыў орынларынан қәнигелер, ата-аналар ўәкиллериниң қатнасыўы тәмийинленди.

Сондай-ақ, имтихан тапсырып атырған ҳәр бир абитуриенттиң қәбилетлерин тиккелей көрип барыў, имтиханның объектив өтиўин тәмийинлеў мақсетинде ата-аналар ушын күтиў орынлары шөлкемлестирилип, имтихан барысын экран арқалы бақлап барыўы ушын шараятлар жаратылды.

Мағлыўмат ушын, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 2019-2020-оқыў жылы ушын айырықша қәбилет талап етилетуғын билимлендириў бағдарлары – сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы, музыкалық тәлим ҳәм дене мәденияты бакалавр бағдарларына кәсиплик (дөретиўшилик) имтиханлар усы жылдың 25-июль ҳәм 5-август күнлери аралығында тастыйықланған кесте тийкарында өткериледи.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.