Тест сораўлары жуўапларын жәриялаўда қандай өзгерислер бар?

Дәслепки күни тестке қатнасқан абитуриентлердиң топлаған баллары 30-июль күни 21:00 ден баслап жәриялана басланды. Тест тапсырған абитуриентлер өзлериниң балларын cabinet.dtm.uz сайтындағы жеке кабинетлерине кириў арқалы тексерип алыўы мүмкин. 
Усы жылдан баслап абитуриентлер топлаған балларды жәриялаўда қосымша қолайлықлар жаратылды, деп жазады ҳуқуқтаныўшы-блогер Хушнудбек Худайбердиев өзиниң telegram каналында. Мәселен, абитуриенттиң топлаған балына жуўаплар қағазының сканери қоса жәрияланбақта. Абитуриентлер ушын ҳақыйқаттан да, бул қағаз өзиники екенлигин көрип алыў имканияты болады. Буннан тысқары, қайсы сораўға дурыс жуўап бергенлигин ҳәм қайсысына натуўры жуўап бергенлигин биле алады. 

Сахибжамал Есемуратова