ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«Супер контракт»тың баҳасы қанша ҳәм кимлер ушын?

Тест нәтийжелери шыға баслағаннан соң абитуриентлерден қосымша (халық тилинде «супер контракт») ҳаққында сораўлар көбейди, деп жазады ҳуқықтаныўшы Хушнудбек Худойбердиев өз Телеграм каналында. Қәниге бул сораўларға жуўап бериўге ҳәрекет еткен.

Қосымша контракта оқыў ушын неше балл топлаў керек?
Кеминде 56,7 балл топланған болыўы керек. Оннан аз балл топлағанлар ҳәзирше қосымша контракта оқый алмайды.

Қосымша контракта оқыўды қәлеўшилер қашан арза тапсырыўы керек?
Жеткиликли балл топлай алмаған абитуриентлер қосымша контракта оқыў ушын тест нәтийжелери жәрияланған күннен баслап 1 ай ишинде арза бериўи керек.

Арза қай жерге бериледи?
Қосымша контракта оқыў нийетиндегилер ЖОО ректоры атына арза жазады.

Арттырылған контракттың баҳасы қанша?
Арттырылған төлемли-контракттың муғдары әмелде орнатылған төлемли-контракт муғдарына салыстырмалы түрде төмендеги муғдарда белгиленеди:

1-категория
Топланған баллары тастыйықланған төлемли-контракт бойынша қабыллаў квоталары шегарасына бир баллға шекемги жетпей қалған абитуриентлер ушын – 1,5 есе;

1.1 баллдан 2 баллға шекем жетпей қалғанлар ушын – 2 есе;
2.1 баллдан 3 баллға шекем жетпей қалғанлар ушын – 2,5 есе;
3.1 баллдан 4 баллға шекем жетпей қалғанлар ушын – 3 есе.

Мәселен, кириў балы 140 болған деп ойлайық. 139 балл топлаған абитуриент контракттың 1,5 есесин төлейди. Мәселен, тийкарынан 10 млн сум контракт болса, 15 млн сум төлесе жеткиликли.
138,9 балл топлаған абитуриент болса 2 есесин төлейди, яғный 20 млн сум ҳәм т.б.

2-категория
56,7 баллдан көп топлаған, бирақ кириў сызығына 4 баллдан көп жетпей қалған абитуриентлер контракт суммасының 10 есесинен 25 есесине шекемги муғдарда төлейди.

Мәселен, және сол кириў балы 140 балл болған бағдарды мысал етип алсақ, 135,9 баллдан кем 56,7 баллдан көп төлегенлер 2-категорияға түседи.
Быйылғы жылы 2-категория ушын баҳалар еле тастыйықланбады. 

Арттырылған контракт ҳәр жылы төлене ме ямаса бир мәрте ме?
Бир мәрте төленеди. Қосымша қабыл етилген студентлер биринши оқыў жылын питкергеннен соң кейинги оқыў жылынан баслап әмелде орнатылған базалық төлемли-контракт муғдары тийкарында (ҳәмме контрактлер менен теңдей) оқыўын даўам еттиреди.

Еслетип өтемиз, 10 ямаса 20 есеси дегенимиз бул ең кем мийнет ҳақыға салыстырғандағысы емес, сол бағдардағы контракт баҳасына салыстырғанда айтылған. Яғный контракт суммасы 10 млн сум болса, 10 есеси болғанда қосымша контракта 100 млн сум төленеди.

Ислам Матеков.