ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Газли ишимликлерди ҳәдден зыят ишиў рак кеселлигин келтирип шығарыўы мүмкин бе?

Мазалы газли ишимликлерди ҳәдден зыят көп ишиў рак кеселликлериниң раўажланыўына алып келиўи мүмкин. Бул ҳаққында Kun.uz хабар бермекте.

Илимпазлар 107 мың адамның денсаўлығы ҳаққындағы мағлыўматлардан пайдаланылған тәжирийбе даўамында усындай шешимге келген.

Атап өтилиўинше, қапланған ыдыслардағы шербетлер ҳәм лимонадлар адамның денсаўлығына үлкен зыян жеткереди. Ишимликлердиң қурамындағы қумшекердиң көп муғдары көкирек рагының келип шығыўына алып келиўи мүмкин.

Сондай-ақ, бундай ишимликлер семизлик, диабет ҳәм жүрек-қан тамыр кеселликлерине алып келиўи де мүмкин. Қәнигелердиң пикиринше, тийкарғы қәўип газли ишимликлерге қосылатуғын жасалма элементлерге байланыслы болып табылады. Олар ишек микробиотасын өзгертеди ҳәм глюкозаны қабылламаўдың раўажланыўына алып келеди.

 

Ислам Матеков.