ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

17-18-август күнлери улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткериледи

Өзбекстанда 17-18-август күнлери улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткериледи. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы хабар бермекте.

Атап өтилиўинше, ҳүкиметлик бийликке муўапық 2019-жылдың 15-30-август күнлери елимиздиң барлық аймақларында абаданластырыў ҳәм тазалық айлығы деп жәрияланды.

Сондай-ақ, бийлик тийкарында 17-18-август күнлери улыўма халықлық қайырқомлық шембилигин өткериў белгиленди.

Мағлыўмат ушын, Министрлер Кабинетиниң «Өзбекстан Республикасында мәжбүрий мийнетти сапластырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 349-санлы Қарарына муўапық, шембилик тек ғана ықтыярлы түрде өткерилиўи белгиленген. Шембиликти өткериў ушын улыўма халықлық шембилигин өткериў ҳаққындағы Президенттиң тийисли ҳүжжети ямаса Министрлер Кабинетиниң қарары болыўы шәрт.

Шембиликлер оған қатнасатуғын адамлар жумыс ислейтуғын тийисли шөлкем аймағында мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсизлик нормаларына қатаң әмел еткен ҳалда өткериледи. Шембиликлер шеңберинде басқа түрдеги жәмийетлик жумыслар, соның ишинде, қурылыс-оңлаў жумысларына мәжбүрий тартыўға жол қойылмайды.

 

Ислам Матеков.