Институтымызда улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткерилмекте (фоторепортаж)

15-30-август күнлери елимизде абаданластырыў ҳәм тазалық айлығы деп жәрияланып, 17-18-август күнлери улыўма халықлық қайырқомлық шембилиги өткерилиўи белгиленген еди.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жәмәәти де 17-август күни таң азаннан институт ҳәм оған тийисли болған имаратлар ҳәм объектлер әтирапында абаданластырыў, көгалландырыў жумысларын баслап жиберди.
Институттың 500 ден аслам профессор-оқытыўшылары менен техникалық хызметкерлери институттың 5 имараты ҳәм студентлер турақ жайы әтирапларында атызларды жабайы от-шөплерден тазалаў, тереклерге форма бериў ҳәм ҳәклеў, дийўалларды ҳәклеў, салма ҳәм лотокларды тазалап, гүллерге суў қуйыў сыяқлы жумысларды орынламақта.
Шембилик бүгин түстен кейин және ертең күн даўамында да өткериледи.

Фотолар авторы: Ислам Матеков,
НМПИ баспасөз хаткери.