ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институтта жаңа оқыў жылы «Ғәрезсизлик сабақлары» менен басланды

Бүгин, 4-сентябрь күни елимиз бойлап барлық билимлендириў мәкемелеринде жаңа 2019-2020-оқыў жылы басланды.

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында жаңа оқыў жылы «Ғәрезсизлик сабақлары» менен басланды. Тәжирийбели профессор-оқытыўшылар, депутатлар, сиясатшылар сыяқлы белгили мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер тәрепинен өтилген сабақларда ғәрезсизликтиң тарийхый әҳмийети, оны қолға киргизиў ушын гүрескен, азат ҳәм аббат ўатанда, абадан турмыста жасаўды әрман еткен ата-бабаларымыз, олардан бизлерге мийрас болып киятырған руўхый-ағартыўшылық байлықлар, ғәрезсизликти қолға киргизиўдеги қыйыншылықлар менен бирге өткен 28 жыллық тарийхымыз даўамында қолға киргизилген табыслар, тарийхый нәтийжелер, әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжеси сыяқлы темаларда студентлер менен сәўбетлесиўлер, сораў-жуўаплар, пикирлесиўлер алып барылды.

Әсиресе, соңғы жыллары Президентимиз басшылығында халықтың абадан турмысын тәмийинлеў, реформалардың нәтийжесин кеше ямаса ертеңги күни емес, бүгин көриўи, турмысынан бахытлы болыўы ушын алып барылып атырған кең көлемли жумыслар, мәмлекетимиз басшысының Қарақалпақстанға сапары нәтийжелери, Мойнақ, Бозатаў сыяқлы алыс районларда алып барылып атырған дөретиўшилик жумыслары ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

«Ғәрезсизлик сабақлары»нда студент-жаслар өз пикир-усынысларын билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға толық жуўап алды.

 

Ислам Матеков,

НөкисМПИ баспасөз хаткери.