ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

НМПИ ректоры студентлерге «стипендиялы» ҳәм «стипендиясыз» оқыў бойынша кең түрде түсиник берди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институт ректоры Байрам Отемуратов 13-14-сентябрь күнлери институттағы барлық факультетлерге барып, топар сәрдарлары болған белсенди студент-жаслар менен ушырасыўлар өткерди.

Көпшиликке белгили, 2019-2020-оқыў жылынан баслап республикамыздағы жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийарында оқытыўды «стипендиялы» ҳәм «стипендиясыз» көринисте шөлкемлестириў, сондай-ақ, барлық студентлер ушын 400 мың сумлық стипендия төлеми бойынша реформалар енгизилиўи күтилмекте. Бул көпшилик студентлер ҳәм олардың ата-аналары арасында түсинбеўшиликлерге алып келмекте.

Усындай түсинбеўшиликлердиң алдын алыў, студентлерге бул бойынша кең түсиник бериў – ушырасыўдың тийкарғы мақсети болды.

Институт ректоры бурынғы ҳәм енди енгизилип атырған система бойынша презентация ислеп, буның барлығы студентлер ҳәм олардың ата-аналары ушын үлкен имканият екенлигин айырықша атап өтти.

— Бул система енгизилиўи арқалы усы күнге шекем ҳәр бир жоқары оқыў орнында тек ғана жақсы баҳа ушын оқыў, буның ушын коррупциялық жағдайларды келтирип шығарыў сыяқлы унамсыз иллетлер сапластырылады. Контракт суммасын көпшилик жағдайларда ата-аналар төлейди. Базалық төлемли контракт суммасының азайтылғаны ҳәм оны айма-ай төлеў имканиятының жаратылғаны ул-қызларының контракт төлемин төлеўде ата-аналар ушын үлкен имканият жаратады, — деди институт ректоры. – Сондай-ақ, стипендия муғдары тек ғана 400 мың сум деген ойда қатып қалмаў керек. Егер студент жақсы баҳаларға оқыса, стипендиясына 50 процентлик, сондай-ақ, қосымша 20 процентлик хошаметлеўши қаржы қосылыўы мүмкинлигин атап өтиўимиз керек.

Илажда студентлер өзлерин қызықтырған барлық сораўларына толық жуўаплар алды.

 

Ислам Матеков,

Нөкис МПИ баспасөз хаткери.