Тойлардағы қосықшылар санына шеклеў орнатылды

Шаңарақлық илажларда 2 еўден көп болмаған қосықшының ямаса топардың хызмет көрсетиўине жол қойылмайды. Сондай-ақ, олар шаңарақлық илажларда нызам ҳүжжетлерине муўапық, шәртнама тийкарында хызмет көрсетеди.

Бул ҳаққында бүгин Өзбекстан Республикасы Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты Кеңесиниң қоспа мәжилисинде бир даўыстан мақулланған «Той-мерекелер, шаңарақлық байрамлар, мәресимлер, марҳумларды ядқа алыў менен байланыслы илажларды өткериўди тәртипке салыўды буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы қарарда ҳәм оның уставында атап өтилген, деп жазбақта Kun.uz.

Ҳүжжет 2020-жыл 1-январьдан күшке киреди.

 

Ислам Матеков.