Шет тиллери факультетинде студентлерге төлемли контракт бойынша өзгерислер түсиндирилди

Институттың шет тиллери факультетинде 2019-2020-оқыў жылынан баслап республикамыздағы жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийарында оқытыўды «стипендиялы» ҳәм «стипендиясыз» көринисте шөлкемлестириў, сондай-ақ, барлық студентлер ушын 400 мың сумлық стипендия төлеми бойынша реформалар енгизилиўи бойынша студентлерге түсиниклер берилди.

 Бул көпшилик студентлер ҳәм олардың ата-аналары арасында түсинбеўшиликлерге алып келмекте.

Усындай түсинбеўшиликлердиң алдын алыў, студентлерге бул бойынша кең түсиник бериў – ушырасыўдың тийкарғы мақсети болды.

Буның барлығы студентлер ҳәм олардың ата-аналары ушын үлкен имканият екенлиги айырықша атап өтилди.