Сүўретлеў өнери ҳәм технологиялық тәлим факультетинде жаслар арасында жынаятшылықтың алдын алыўға арналған ушырасыў болып өтти

Институттың сүўретлеў өнери ҳәм технологиялық тәлим факультетинде «Жаслар бүгинимиз ҳәм ертеңги келешегимиз ийелери» атамасындағы ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўға Нөкис қалалық Ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы 3-санлы ишки ислер бөлими профилактикалық инспекторы, капитан З.Турдымуратов қатнасып, студент-жаслар менен жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдың алыў мәселелери бойынша кең түрде пикир алмасты ҳәм үгит-нәсият жумысларын алып барды.