Супер-контракт тийкарында оқыў нийетинде болған абитуриентлер дыққатына!
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында бакалавриаттың күндизги ҳәм сыртқы бағдарлары ушын супер-контрактта оқыў бойынша арзалар қабыл етиле басланды.
Арзалар 15-октябрьге шекем қабыл етиледи.
Абитуриентлер:
– Паспорты ҳәм оның нусқасы;
– Абитуриент рухсатнамасы;
– Cabinet.dtm.uz сайтында жәрияланған тест жуўаплары бетиниң нусқасын өзлери менен алып келиўи соралады.
Еслетип өтемиз, супер-контракт төлемин еки бөлип төлеў мүмкиншилиги бериледи. Шәртнама дүзилгеннен соң төлем суммасының ярымын 1-ноябрьге шекем төлеп болыў талап етиледи.
Ислам Матеков,
Нөкис МПИ баспасөз хаткери.