Түркий тиллер факультетинде «Студенттиң психологиялық паспорты» атамасында семинар шөлкемлестирилди
Институттың түркий тиллер факультетинде оқып атырған студентлер қатнасыўында институт психологы Г.Төрениязова басшылығында «Студенттиң психологиялық паспорты» атамасында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.
Семинарда 1-курс студентлери менен танысыў ҳәм оларда жетекшилик қәбилетлерин қалай пайда етиў, өзине болған исенимди беккемлеў ҳәм алға қойған мақсетине қарай ҳәрекет етиў бойынша студентлердиң билим ҳәм көнликпелери арттырылды.