Педагогика факультетинде китапқумарлыққа бағдарлайтуғын интеллектуал ойын өткериў дәстүрге айланды

Институттың педагогика факультетинде ҳәр ҳәптеде мәлимлеме сааты ўақтында студентлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериў, әсиресе, китапқумарлыққа бағдарлаў мақсетинде интеллектуал ойын өткериў дәстүрге айланды.

Бунда студентлер алдын ала үй тапсырмасы сыпатында берип жиберилген китаплардан дүзилген сораўларға команда болып жәмлесип, жуўап бериўи керек болады.

Бундай илажлар факультетте турақлы түрде өткерилмекте.