Мектепке шекемги билимлендириў факультетинде спорт илажлары даўам етпекте

Мектепке шекемги билимлендириў факультети 1- ҳәм 2-курс студентлери арасында спорттың мини футбол түринен жарыс болып өтти.

Президентимиздиң бес басламасының екинши басламасы болған дене тәрбиясы ҳәм спортты кең үгит-нәсиятлаў мақсетинде шөлкемлестирилген жарыс қызықлы өтти.

Жарыс жуўмағында факультеттиң 2-курс студентлери жеңимпаз болды.

Сондай-ақ, жасларды спортқа қызықтырыў ҳәм бос ўақытларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде факультетте спорт клубларының жумыслары жолға қойылды.