Елликқаладағы педагогика факультетинде «Муғаллимлер ҳәм устазлар күни»не арналған көркем-әдебий илаж болып өтти

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Елликқаладағы педагогика факультетинде 27-сентябрь күни «1-октябрь – Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» байрамы мүнәсибети менен «Бәрқулла ҳүрметлеймиз, әзиз устазлар» атамасындағы көркем-әдебий илаж болып өтти.

Илажда профессор-оқытыўшылар ҳәм белсенди студентлерге ҳүрмет жарлықлары және естелик саўғалары тапсырылды.