«Муғаллимлер ҳәм устазлар күни» мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик сыйлықлары ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықлаў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық, елимизде тәлим-тәрбия системасын дәўир талаплары тийкарында жетилистириў, тараўдағы реформаларды нәтийжели әмелге асырыў жумысларына қосқан салмақлы үлеси, жасларға илим тийкарларын ҳәм заманагөй кәсип-өнерлерин үйретиў, оларды ана Ўатанға муҳаббат, ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаўдағы көп жыллық жемисли мийнетлери және жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ушын төмендегилер ҳүрметли атақлар ҳәм көкирек белгилери менен сыйлықлансын:
“Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген халық билимлендириў хызметкери”
Юлдашева Шахло Шукурлаевна — Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының “Өзбек тили” кафедрасы баслығы
“Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген жаслар устазы
Мамырбаева Дина Джаксыбаевна — Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының “Инглис тили ҳәм әдебияты” кафедрасы доценти
Нөкис МПИ баспасөз хызмети.