ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Илимий мектеп жаратылды

 «Баслаўыш тәлим педагогикасы ҳәм психологиясы» кафедрасы баслығы, педагогика илимлериниң докторы, доцент Утебаев Тажибай Тилеумуратовичтиң илимий басшылығында 2019-жыл 25-октябрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Үргениш мәмлекетлик университети жанындағы илимий дәрежелер бериўши DSc.28.12.2017.Ped.20.02 санлы илимий Кеңесте излениўши Ережепов Артықбай Абыллаевич педагогика илимлери бойынша филолософия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын 13.00.01-Педагогика теориясы. Педагогикалық тәлийматлар тарийхы қанигелиги бойынша «Қорақалпоқ жировчилик санъати воситасида ўқувчи ёшларни маънавий-ахлоқий тарбиялашнинг педагогик асослари» темасында докторлық (PhD) диссертация жумысын қорғады.  

Бул илимпаз Т.Утебаевтың биринши шәкирти болып есапланады.

Т.Утебаев ҳәзирги күнде бир неше излениўшилерге илимий басшылық етип келмекте. Олардың көпшилиги диссертация жумысларын  қорғаў алдында тур.

Т.Утебаевтың алдағы ўақытларда илимий дәрежели педагог кадрлар таярлаў барысындағы жумысларында табыслар тилеймиз.

 

Е.Оразымбетов

Илимий-изертлеўлер, ииновациялар ҳәм илимий

педагог кадрлар таярлаў бөлими инженери