ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

,,Ана тилим-тирлигимниң айғағы,, атамасында илимий-әмелий конференция болып өтти

2019 жыл 29-октябрь куни Қазақ тили хам әдебияты кафедрасы тәлим бағдарында ,, Ана тилим-тирлигимниң айғағы,, атамасында илимий-әмелий конференция болып өтти. Конференцияны институт руўхыйлық ислери бойынша проректор Қ.Қадиров кирис сөз бенен ашты хәм алып барды. Конференцияға Қазақ миллий мәдений орталығы баслығы Ж.Дарменов, ҚМУ доценти, ф.и.к. Қ.Аралбаев, ф.и.к,. доцент. Э.Хужаниязов, факультет деканы ф.и.к., доцент. Б.Давлетов хәм т.б. профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлер қатнасты. Соның менен бирге конференцияда ,,Қазақ тілі-қазақ ұлтының басты байлығы,, атамасында Қазақ тили хам әдебияты кафедрасы үлкен оқытыўшысы Б.Бекниязов, ,, Қазақ-қарақалпақ тиллериндеги фразеологизмлерди салыстырмалы изертлеў мәселеси,, атамасында Қарақалпақ тили кафедрасы доценти, ф.и.к. А.Пирниязова, ,,Абай ижодининг қардош халқлар орасидаги ахамияти,, атамасында Түркмен тили оқытыўшысы В.Хайтбаевалар мазмунлы докладлар оқыды. Конференцияда ана тилиниң тарийхы, халықлар дослығы, ана тили хаққында бахалы пикирлер айтылды. Конференцияға Өзбекстан халық артисти А.Надирова,  танықлы қосықшы Б. Алламбергеновлар жағымлы қосықлары менен кешеге пайыз киргизди. Кеше Қазақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары студентлери таярлаған  әдебий-сазлы бөлим менен тамамланды.