ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Түркий тиллер факультетинде “Өзбекстан – улыўма үйимиз” атамасында әдебий кеше өткерилди

2019-жылы 25-октябрь күни Түркий тиллер факультетинде талабалар арасында миллетлерара татыўлық мәселесине бағышланған “Өзбекстан – улыўма үйимиз” атамасында көркем әдебий кеше болып өтти. Кешени факультет деканы Б.Давлетов ашып берди. Кешеде талабаларға “Түркмен халқының мәденияты”, “Қарақалпақ халқының миллий кийимлери” темаларында презентация көрсетилди. Өзбек әдебияты кафедрасының оқытыўшысы Н.Алламбергенова елимизде жасап атырған миллетлердиң аўызбиршилиги, татыўлығы, миллий үрп-әдет, дәстүрлери, миллий өзгешеликлери ҳаққында талабаларға түсиник берип өтти. Талабалар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўаплар алды. Көркем әдебий кеше қызықлы ҳәм тәсирли болып өтти.

Руўхый-ағартыўшылық ислери  бо йынша декан орынбасары П.Дабылов