ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Түркий тиллер факультетинде “Жас дөретиўшилер” дөгереги шөлкемлестирилди

Түркий тиллер факультетинде талаба жаслар арасында китапқумарлықты еледе раўажландырыў, талабалардың еркин, өз бетинше пикирлеў ҳәм  ойлаў қәбилетин жетилистириў мақсетинде 2019-2020-оқыў жылында факультеттиң руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша  декан орынбасары П.Дабыловтың басламасы менен «Жас китапқумарлар клубы» дүзилди ҳәм режеси ислеп шығылды. Клуб шеңберинде «Зәкаўат», «Жас дөретиўшилер», «Жас баслаўшылар», «Аудио китап» дөгереклери жумыс баслады. Оларға факультеттиң талантлы, зийрек талабалары ағза болды.

2019-жылы 15-ноябрь күни факультетте дөретиўшиликке қызығатуғын талабалар қатнасыўында «Жас дөретиўшилер» дөгереги өткерилди. Дөгеректи факультеттиң руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша декан орынбасары П.Дабылов кирис сөз бенен ашты. Дөгеректи дөгерек басшысы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты тәлим бағдары 2-курс талабасы М.Дәрибаев басқарып барды. Дөгеректе талабалар өзлери дөреткен қосықларды оқып берди. Қатнасыўшылар тәрепинен бул дөретпелерге пикирлер билдирилди. Дөгеректе сын пикирден өткен шығармалар газета-журналларға усыныс етилди.

Руўхый-ағартыўшылық ислери

бойынша декан орынбасары: П.Дабылов