ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

АНА ТИЛИМСЕҢ

АНА ТИЛИМСЕҢ

Ана сөзи менен басланған тилсең,

Руўхымда сайрап турған бүлбилсең.

Барлық тиллерди биз гүллер деп алсақ,

Сол гүллер ишинде ең сулыў гүлсең.

 

Бабам пал тамызған дана тилимсең,

Дәртин баян еткен нала тилимсең.

Дилўар етип туўған қарақалпақты,

Соның ушын да сен ана тилимсең!

 

Шубар ала сөзлер тилди патаслар,

Тилин бузған миллет жолдан адасар.

Жыланға жарасар шубар алалық,

Таза сөйлеў ғана тилге жарасар.

 

Ата-бабам жан берип, жан алмаса,

Ел намысын жаўдан қорғап қалмаса,

Кимлердиңдур қонышына басылып,

Жүрер едиң ана тилиң болмаса.

 

Бабам пал тамызған дана тилимсең,

Дәртин баян еткен нала тилимсең.

Дилўар етип туўған қарақалпақты,

Сен дүньяда теңсиз ана тилимсең!

10-ноябрь 2019-жыл

ПЕРДЕҒАЛИЙ ДАБЫЛОВ