ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

«Түркий тиллер фольклоры ҳәм тарийхының әҳмийетли мәселелери: улыўма уйғынлық ҳәм миллий өзгешелик» атамасындағы халықаралық илимий-теориялық конференция болып өтти

2019-жылы 15-ноябрь күни институттың мәжилислер залында Түркий тиллер факультети Қарақалпақ әдебияты ҳәм Қазақ тили ҳәм әдебияты кафедралары, «Зийўар» ҳәм «Т.Айбергенов атындағы тил ҳәм әдебияты» әдебий дөгереклери тәрепинен шөқкемлестирилген «Түркий тиллер фольклоры ҳәм тарийхының әҳмийетли мәселелери: улыўма уйғынлық ҳәм миллий өзгешелик» атамасындағы халықаралық илимий-теориялық конференция болып өтти. Конференцияны институттың жаслар менен ислесиў бойынша проректоры Қ.Қадиров кирис сөзи менен ашты ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде кейинги ўақытлары мәмлекетимиздиң жоқары оқыў орынлары системасында әмелге асырылып атырған реформалар, солардың бири шет еллердеги жоқары оқыў орынлары менен институтымыздың байланыслары ҳаққында айтып өтти.

Буннан кейин Қарақалпақ әдебияты кафедрасы баслығы, филология илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан халық жазыўшысы К.Алламбергенов «Түркий халықларға ортақ эпикалық мийрасларды типологиялық салыстырмалы үйрениўдиң айырым әҳмийетли мәселелери», Қазақстан Республикасы Нур-Султан қаласы Л.Н. Гумилёв атындағы Евразия миллий университети Қазақ әдебияты кафедрасы баслығы, Филология илимлериниң докторы, профессор Р.С.Турысбек «Қазақ руўхый дүньясы ҳәм әдебий байланыс: тарийхы ҳәм тәжирийбеси», Туркия Республикасы Памуккала университети әдебият факультети түрк тили ҳәм әдебияты бөлими докторанты Шейма Гурлеян «Қарақалпақ халық дәстаны «Мәспатша»ны түркий халықлар эпослары контекстинде үйрениў мәселелери» деген темаларда баянат жасады.

Соңынан конференция қатнасыўшыларына институттың талантлы студентлери ҳәм «Тумарис» халық ансамбли тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы қойып берилди.

П.Дабылов,

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери

бойынша декан орынбасары