Тәбийий пәнлер факультетинде той мерекелерди ықшамластырып өткериўди жасларға түсиндириў ушын мәжлис өткерилди

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Тәбийий пәнлер факультетинде Олий Мажлис палаталары  кеңеслериниң  қоспа қарори (КҚ-592–III/2736–III-сон, 14.09.2019 й.) той мерекелерди ықшамластырып өткериўди жасларға түсиндириў ушын тийисли тараў хызметкерлери менен үсиндириў ушын мәжлис өткерилди. 

Мәжлисти күн тәртибиндеги мәселе бойынша факультет руўхыйлық-ағартыўшылық ислери бойынша декан орынбасары  И.Зарликов ашты ҳәм алып барды.

Нөкис қалалық руўхыйлық-ағартыўшылық бөлими баслығы Қ.Нуратдинов сөзге шығып ол өз сөзинде «Кейинги ўақытларда той-мерекелерди ҳәм шаңарақлық ҳәр қыйлы мәресимлерди өткериўде  артықша ысрапгөйшиликке жол қойылып атыр, оның үстине той, туўылған күн усаған шаңарақлық тәнтаналардың түри көбейип баратыр. Бул бизиң миллийлигимизге қала берсе динимизге туўры келмейтуғын иллетлер , бул жөнинде   нызамда бир қатар мәселелер белгиленген. Мәселен, шаңарақлық тойлар-мерекелер, тәнтәналар  тек бир күн (жаназадан басқа) саат 06:00 ҳәм 23:00 ден кейин шаңарақлық тәнтаналарды даўам еттириўге жол қойылмайды. Тойға 200 мийманға шекем егер қосалақ той болса 250 мийман шақырыўға, тойды атқаратуғын қосықшылар 2 косықшы тойды бастан аяғына атқарып шығатуғынлығын, той сейилинде 3 машинадан зыятына рухсат етилмейтуғынлығын ҳәм жаназа болып өткеннен кейинги күн санаў садақалары өткерилмейтуғынлығын  мысалы,  жетиси, қырқы, жүзи қусаған садақалар . Шаңарақлық той-мерекелердиң  өткерилиўи үстинен районлық ҳакимят, прократура, ишки ислер,  салық ҳәм ФҲДЕ органлары бақлаўында болады. Шаңарақлық той мерекелердиң дабдебесиз,  ысрапгөйшиликке жол қойылмай ықшам өткерилиўи  ушын биринши гезекте МПЖ ақсақаллары ҳәм профлактика инспекторлары жуўапкер есапланады.  

Руухый агартыушылык ислери

 бойынша декан орынбасары

И.Зарликов.