ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Табийий пәнлер факультетинде «Биз саламат турмыс тәрепдарымыз» атамасындағы мәжилис болып өтти

Әжинияз  атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты Табийий пәнлер факультетинде тийисли тараў хызметкерлери менен өткерилген  «Биз саламат турмыс тәрепдарымыз» атамасындағы мәжилис болып өтти.

Мәжилисти күнтәртибиндеги мәселелер бойынша факультет руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша декан орынбасары И.Зарликов кирис сөз бенен ашты ҳәм алып барды. Ол өз сөзинде бүгинги күнде инсан саламатлығы ушын медецинаның әҳмийети жүдә айрықша орында екенлиги ҳаққында айтып өтти, булл барада тараў хызметкерлериниң алып барып атырған унамлы жумыслары ҳаққында жыйналғанларға түсиник берди. Соң шыпакери Рузметова Табассум Бекбергеновна сөзге шығып сөзиниң басында қәнийгелер тәрепинен таярланған видеоролик қойып берилди ҳәм бүгинги күнде Туберкулоз кеселлигиниң ақыбетлери ҳаққында ҳәм ол кеселикке қарсықарсы гүресиў бойынша исленип атырған илажлар туўралы мәжилис қатнасыўшыларына баянатлары оқып еситтирилди. Буннан соң Жиемуратова Бағила жасларға әсиресе турмыс қурған жас қызларға өзлериниң мәсләҳатларын айтып өтти. Перзенттәрбиясы ҳәмледарлық дәўириндеги күтиниў денсаўлықларына кери тәсир ететуғын унамсыз нәрселерден сақланыў кереклиги ҳаққындада мысаллар меннен түсиник берип өтти. «Ден-саўлықтереңбайлық», «Биз саламат турмыстәрепдарымыз» атамасында медецина тараўы хызметкерлери менен биргеликте өткерилген ушырасыў сәўбети барысында студент-жаслар тараў хызметкерлерине өзлериниң қызықтырған саўаллары менен белсене қатнасып, пикир алысыўлар менен ортақласты

Руухый агартыушылык ислери

 бойынша декан орынбасары

И.Зарликов.