Институт психологы Физика математика факультети студентлери менен семинар тренинг өткерди

Бул семинар тренинг “Әжайып өмир, әжайып ой-пикирлеримизден басланады, ойларымыз тәғдиримизди жаратады” темасында алып барылды. Семинар тренингди факультет кураторлар кеңеси баслығы Д.Турдышов ашып берди. Ол өз сөзинде руўхый билимди бәршемиз ийеленген болыўымыз керек. Себеби руўхый билим арқалы биз өзимизди таныймыз соң бизди қоршап турған әлемди таныймыз. Бизиң әтирапымызда болып атырған қубылысларды бизге берилип атырған өмир сабақларын көрип санамызға сиңирип алаламыз. Бизге бәрше сырлардың есиги ашылады ҳамде дурыс қарар шығара алыўымызға жәрдем береди. Буннан соң институт психологы Г.Төрениязоваға сөз берди. НМПИ психологы Г.Төрениязова күн тәртибиндеги мәселе бойынша сөзге шықты ол өз сөзинде ҳәр бир инсан қүдретли күшке ийе себеби ҳәр биримиз өз өмиримизге қүдретли толқын таратыўшы минарамыз. Бул толқынлар  бизиң ойларымыз, пикирлеримиз. Бул ойларымыз бизиң өмиримизди жаратады. Демек биз өмиримизди өзимиз жаратамыз. Соның ушын бүгин не ойладың ҳәзир не ойладың бәрине итибарлы бол. Бүгинги өмириң кешеги ойың, ертеңги, келешектеги өмириң бул бүгинги ойыңа байланыслы. Усы күнге шекемги өмириңде пайда болған нәрселердиң барлығын сиз өзиңиз өмириңизге тартып отырсыз.

Өмириңди өзгертириў ушын миннетдар болыўды күнделикли әдетке айландырың. Минетдаршылық арзыўға жетиў ушын ҳәмме нәрседен көбирек пайда келтиреди, барлық нәрседен үстин турады.

Ең баслысы ҳәр дайым разы болыў, ишки әлемди тынышландырыў, кешире билиў, өзине исеним, өмирде мақсет қойыў, жаман ой ойламаў, жан тазалығы, ой тазалығы, тилге абайлы болыў, нени әрманлайсыз сол ҳаққында көбирек сөйлеў, өмирди сүйиў кереклиги ҳаққында айтып өтти.

 Соң талабалар шығып сөйлеп пикирлерин билдирди. Бүгинги психолог тәрепинен билдирилген пикирлер студент-жаслар ушын үлкен әҳмийетке ийе болды. Өзлеримизди қызықтырған сораўларға жуўаплар алдық. Студент-жаслар өзиндеги пайда болған машқала бойынша психологқа хабарласыўы кереклиги бойынша және бир мәрте айтып өтти. Бүгинги ушрасыўдан студент-жаслар өзинлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алғанын ҳәм бүгинги алған билими турмыста үлкен жәрдем беретуғынлын айтып өтти.