Институтымыз профессор оқытыўшылары тәрепинен улыўма билим бериў мектеплерине оқыў методикалық жәрдем көрсетиў ис илажлары даўам етпекте
Бүгинги күнде орта мектеп оқытыўшыларның билимин еледе жетистириў, олардың қәсиплик шеберлигин асырыў, билим сыпатын қадағалаў, тәрбия тараўында заманагөй усыллардан пайдаланыўды шөлкемлестириў ҳәм оқыў методикалық жәрдем көрсетиў бойынша бир катар ис илажлар исленип атыр. Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Тәбийий пәнлер факультети Ботаника, экология ҳәм оны оқытыў методикасы кафедра баслығы Рохат Ешмуратов биология сабақларын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм лабораториялық жумысларды өтиў бойынша өз мәсләҳәтлерин берип, тәжрийбелер алмасыў, методикалық жәрдем бериў мақсетинде 2019-жыл 25-ноябрь куни Нөкис районы 32-санлы мектепте болды. Бул мектептиң 5-классында «Тамыр» темасында, 6-классында “Гуллердиң ҳәр қыйлылығы” темасында шеберлик сабақларын өтти. Бул шеберлик сабақларына усы мектептиң биология оқытыўшыларыда қатнасты.