Мектепке шекемги тәлим факультетинде тәлим-тәрбияда шет ел тәжирийбелерин қолланыў бойынша семинар-тренинг өткерилди
Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Мектепке шекемги тәлим факультети «Мектепке шекемги тәлим педагогикасы ҳәм психологиясы» кафедрасы баслығы, доцент А.Бекимбетова ҳәм мектепке шекемги тәлим бағдары 2-курс магистрантлары менен биргеликте факультеттиӊ зийрек студентлери ушын «Мектепке шекемги тәлимде шет ел тәжирийбелеринен пайдаланыў» атамасында семинар-тренинг шөлкемлестирилди.
Семинар-тренингке факультет деканы, доцент М.Алламбергенова, Нөкис қалалық мектепке шекемги билимлендириў бөлими методисти Г.Жумабаева, факультеттиӊ бир қатар профессор-оқытыўшылары ҳәм студентлери қатнасты.
Илажда Россия, Корея, АҚШ, Япония мәмлекетлериниӊ мектепке шекемги билимлендириў системасы ҳаққында презентациялар исленип, интeрактив шынығыўлар өткерилди.