Сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими факультетинде әдебий кеше болып өтти

Институттың сүўретлеў өнери ҳәм мийнет тәлими факультетинде жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын арттырыў, олардың бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде «Китап – бизиң достымыз» атамасында әдебий кеше болып өтти.

Кешеге факультет деканы Ж.Дәрменов, профессор-оқытыўшылар ҳәм студент-жаслар және жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.