Елликқала педагогика факультетинде район ҳәкими менен ушырасыў болып өтти

Институттың Елликқаладағы педагогика факультетинде Қарақалпақстан Республикасында көплеген жыллар мәмлекетлик басқарыў ҳәкимияты уйымларында жемисли хызмет еткен, мийнет ветераны Аминбой Тожиев ҳәм район ҳәкими Сейдамат Авезовлар студент-жаслар менен ушырасты.

Ушырасыўда елимизди ҳәр тәреплеме раўажландырыў ушын алып барылып атырған реформалар, жасларға болған мәмлекетлик ҳәм ҳүкиметлик итибар ҳаққында кең түрде пикир алмасылды.