Елликқала педагогика факультетинде өрт қәўипсизлиги профилактикасы шеңберинде сәўбет шөлкемлестирилди

Институттың Елликқаладағы педагогика факультетинде 20-ноябрьден 20-декабрь аралығында «Халықты айырықша жағдайлардан қорғаў айлығы» шеңберинде райондағы Өрт қәўипсизлиги бөлиминиң хызметкерлери менен студент-жаслардың сәўбетлесиў илажы шөлкемлестирилди.

Илажда районлық өрт қәўипсизлиги бөлими баслығы Ж.Алимов студентлерге гүз-қыс мәўсиминде газ ҳәм электр үскенелеринен дурыс пайдаланыў, газ ийсинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў және қәўипсизлик қағыйдалары бойынша кең түрде түсиниклер берди.