Физика-математика факультетинде интеллектуал ойынның гезектеги туры өткерилди

Институттың физика-математика факультетинде оқып атырған студентлердиң бос ўақытларын мазмунлы өткериў, оларды китапқумарлыққа бағдарлаў ҳәм ийелеген билим ҳәм көнликпелерин беккемлеў мақсетинде «Заковат» интеллектуал ойыны турақлы түрде өткерип келинбекте.

Гезектеги турда да студентлер өз билимлерин ҳәр қыйлы логикалық сораўларға жуўаплар бериў арқалы сынап көрди.