ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Дене мәденияты факультетиниң 3 студенти Қарақалпақстан кубогы ҳәм «Телетурнир-2019» жарысында 1-орынды жеңип алды

Усы жылдың 25-27-ноябрь күнлери миллий гүрес бойынша Қарақалпақстан кубогы ҳәм «Телетурнир-2019» жарысы болып өтти.

Оған институтымыздың дене мәденияты факультетиниң студентлери де қатнасты.

Кубок ҳәм жарыс жуўмақлары бойынша ҳаял-қызлар арасында 52 килограмм салмақта З.Розибаева, 63 килограмм салмақта Р.Амангелдиевалар 1-орынды ийелеген болса, ер балалар арасында 90 килограмм салмақ категориясында Э.Айтбаев 1-орынды жеңип алды.

Жеңимпаз студентлеримиз Жиззақ ўәлаятында болып өтетуғын республикалық жарысқа жоллама алды.

Студент-жасларды жарысқа ассистент-оқытыўшы Р.Уразов таярлады.