ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институт студентлери Шаҳрисабз қаласында болып өткен «Миллий жаслар конференциясы»на белсене қатнасты

Қашқадәрья ўәлаятының Шаҳрисабз қаласында жайласқан «Лочин» дем алыў орайында республикада биринши мәрте «Миллий жаслар конференциясы» болып өтти. Конференцияға республикадағы барлық оқыў орынларынан, соның ишинде, институтымыздан да делегат сыпатында студентлер қатнасты.

Конференцияны өткериўден мақсет қәбилетли, белсенди жасларды бир жерге жәмлеў, инновациялық идеяларды қоллап-қуўатлаў, өз-ара пикир алмасыў ҳәм бул бағдарда жаңа жойбарларды жаратыўдан ибарат болды.

Илаж 6 бағдар бойынша, яғный, маркетинг ҳәм реклама, билимлендириўде инновациялар, туризм ҳәм мәлимлеме технологиялары, психология ҳәм журналистика, экология жөнелислери бойынша өз жумысларын алып барды. Ҳәр бир бағдарды раўажландырыў бойынша жойбарлар ислеп шығылды.

Конференция даўамында Шаҳрисабз қаласына саяхат шөлкемлестирилди.

Илаж соңында делегатлар арнаўлы сертификатлар менен сыйлықланды. Институттың тарийх факультети студенти Сарвар Қосимов «Ең жақсы мақала» номинациясы бойынша жеңимпаз деп табылды.

 

Сайёра Барлықбаева,

Физика-математика факультети студенти.