ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Тарийх факультети студентлери «Аймақлық жаслар конференциясы»нда

Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты тарийх факультетиниң миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими бағдарының студентлери Т.Сатторов, А.Абдурасулов, Ж.Мардонов, Ш.Ҳакимов, А.Каримовлар усы жылдың 29-30-ноябрь күнлери Нөкис қаласында болып өткен «Аймақлық жаслар конференциясы»нде белсене қатнасып, өзлериниң белсендилигин көрсетти.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары аймақлық ҳәм жергиликли Кеңеслерине өткерилетуғын сайлаўларға жоқары дәрежеде таярлық көриў, Сайлаў кодексиниң мазмуны ҳәм әҳмийети, сайлаў алды жумысларының жедел алып барылып атырғаны, сайлаў процесинде жаслардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген илажда жаслар өзлериниң ҳуқықый түсиниклерин байытты.