ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Байрамға бағышланған жарыс

«8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы күни» мүнәсибети менен институттағы барлық факультетлерде ҳәр қыйлы илажлар өткерилмекте.

Институттың дене мәденияты факультетинде Бас нызамымыздың қабыл етилгенине 27 жыл толыўы мүнәсибети менен студент-жаслар арасында спорттың мини футбол түри бойынша факультет бириншилиги өткерилди.

Оған факультеттеги барлық топарлардан командалар қатнасты.

Жарыс жуўмағына муўапық, 4-курс студентлери 1-орынды, 2-курс рус топары студентлери 2-орынды, 1-курс студентлеринен дүзилген команда 3-орынды ийеледи.

Жеңимпазларға саўғалар, ҳүрмет жарлығы ҳәм медальлар тапсырылды.

 

А.Сейтбеков.