ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

ХАЛҚЫМЫЗДЫҢ МӘҢГИЛИК ҚОСЫҒЫ

 МӘМЛЕКЕТИМИЗ НЫШАНЛАРЫ

Нөкис қаласындағы орайлық майданда «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгениниң 27 жыллығына бағышланған илаж болып өтти.

Оған жазыўшы-шайырлар, илимпазлар, көркем өнер ғайраткерлери, кең жәмийетшилик ўәкиллери, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов жыйналғанларды «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгениниң 27 жыллығы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қутлықлады.

Атап өтилгениндей, «Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы Нызам 1992-жыл 10-декабрьде Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң он биринши сессиясында қабыл етилип, усы күн ҳәр жылы кең түрде белгиленип келинбекте.

Нызамда белгиленгениндей, гимнимиз елимиз суверенитетиниң нышаны есапланып, оған айрықша ҳүрмет пенен қараў ҳәр бир пуқараның миннети болып табылады. 2010-жылы 24-декабрьде нызамға киргизилген өзгериске муўапық, пуқараларымыз, сондай-ақ, елимизде болып турған  басқа шахслар гимнимизди ҳүрмет етиўи шәрт екенлиги белгилеп қойылған.

Ғәрезсизлик жылларында халқымыздың руўхый мәдениятын раўажландырыў, жасларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мәселесине айрықша итибар қаратылмақта. Өзбекстан Республикасының гимни жасларда Ўатанға муҳаббат, бай тарийхымызға,  миллий өзлигимизге терең ҳүрметти қәлиплестириў, перзентлеримиздиң ҳәр тәреплеме бәркамал  ҳәм жетик инсанлар болып ержетиўинде әҳмийетли тәрбиялық қурал болып хызмет етпекте.

Халқымыз аман екен, ғәрезсиз елимиз жоқары раўажланыў, уллы келешек қурыўға қарай исенимли қәдем таслаўды даўам етеди, уллы халықтың мәңгилик қосығы-гимнимиз халқымыздың, жасларымыздың  жүреклеринен терең орын ийелеп, дүнья бойлап бәлент жаңлай береди. Гимнимиз ана Ўатанымыз бенен ҳәр тәреплеме мақтаныўға, ғәрезсизлигимизди беккемлеўге, бүгинги күнимиздиң қәдирине жетиўге, жаңадан-жаңа шыңларды ийелеўге жетеклей береди.

-Гимн-жүрегинде өз Ўатанына деген муҳаббат ҳәм садықлық сезими бар ҳәр қандай адамда миллий мақтаныш, өзине тән иззет-ҳүрмет, ең әҳмийетлиси туўылған жерине меҳир оятады,-дейди илажда шығып сөйлеген республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов.-Бул миллий тымсалда халықтың өтмишин, бүгини менен келешегин, сондай-ақ, зийнетин, арзыў-нийетин, мақсетин өзинде жәмлегени менен де әҳмийетли.

Илаж көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың концерт бағдарламасы менен даўам етти.

«Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилгениниң 27 жыллығына бағышланған руўхый-ағартыўшылық илажлары республикамыздың районларында да болып өтти.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.