ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Нөкистеги Президент мектебиниң ашылыў салтанаты болып өтти

Бүгин, 11-декабрь күни Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң салтанатлы ашылыўы болып өтти. Бул ҳаққында Халық билимлендириў министрлиги хабар берди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары А.Саъдуллаев, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министри Ш.Шерматов ҳәм басқалар қатнасты.

Мектеп 168 орынға мөлшерленген болып, 2 этажлы оқыў имараты, асхана, 3 этажлы жатақхана, сырт елли муғаллимлер ушын 15 орынлық мийманханасы бар. Ҳәр бир класта интерактив доска ҳәм таблолар, «Science» бөлмелеринде өз алдына лабораториялық бөлмелер бар.

Быйылғы жылы усы мектептиң 5-10-класларына ҳүжжет тапсырған 7,5 мыңнан аслам оқыўшыдан 144 и қабылланды. Келеси оқыў жылынан баслап ҳәр жылы 5-класқа 24 оқыўшы қабыл етиледи.

Еслетип өтемиз, Президент мектебинде сабақлар Кембридж университети экспертлери менен биргеликте ислеп шығылған оқыў жоба және бағдарламалары тийкарында алып барылады. Мектепте 8 сырт елли жоқары тәжирийбеге ийе қәниге, сондай-ақ, 23 жергиликли муғаллим жумыс ислемекте. Муғаллимлер де халықаралық билимлендириў талаплары тийкарында арнаўлы имтиханлар арқалы сайлап алынған.

 

Ислам Матеков.