ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Институт студентлери «Мега Нукус» алдында қайырқомлық акциясын өткереди

Усы жылдың 15-декабрь күни пайтахтымыздағы «Мега Нукус» саўда-кеўилашар орайы алдындағы жаңа жыл шыршасы орналасқан майданда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының бир топар белсенди ҳәм талантлы жасларының басламасы менен «Жаңа жыл әжайыбатлары» атамасындағы қайырқомлық концерти болып өтеди.

Концерт бағдарламасында ҳәр қыйлы викториналар, қызықлы ойынлар шөлкемлестириледи.

Концерт саат 18:00 де басланады.

Белсене қатнасыўшылар сертификат ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланады.

Еслетип өтемиз, өткен жылы усы акция жаңа жыл бас шыршасы алдында өткерилген ҳәм халқымыз тәрепинен жоқары көтериңкилик пенен күтип алынған еди.

 

Ислам Матеков,

НМПИ баспасөз хаткери.