ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаментиниң тийкарғы ўазыйпалары белгиленди

Ҳүкиметлик қарар тийкарында Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти ҳаққындағы устав тастыйықланды.

Уставқа муўапық, Мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти Министрлер Кабинети аппаратының қурам бөлеги болып табылады.

Устав тийкарында Департаменттиң тийкарғы ўазыйпалары белгиленди.

Мәмлекетлик тилди раўажландырыў, мәмлекетлик тилдиң әмел етилиўи менен байланыслы машқалаларды анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша усыныслар таярлаў, өзбек тилиниң жазба тексти норма ҳәм қағыйдаларын ислеп шығыў усылар қатарына киреди.

Департаменттиң структурасы Президент тәрепинен тастыйықланады.

Президентимиздиң өзбек тилине мәмлекетлик тил бийлигиниң берилгенине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен қабыл етилген Пәрманында, мәмлекетлик тилди раўажландырыў департаменти шөлкемлестирилген еди.

Еслетип өтемиз, қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн мүнәсибети менен Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында өткерилген республикалық конференцияда филология илимлериниң докторы, профессор Ш.Абдиназимов Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Терминологиялық орай тийкарында усындай департамент дүзиў усынысын билдирген еди.

 

Ислам Матеков.