ÁJINIYAZ ATÍNDAǴÍ NÓKIS MÁMLEKETLIK PEDAGOGIKALÍQ INSTITUTÍ

Төлемли контракт тийкарында оқып атырған студентлер ҳәм магистрантлар дыққатына!

Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясының 2019-жыл 20-декабрьдеги 6-санлы протоколы тийкарында жоқары оқыў орынларының бакалавриат билимлендириў бағдарларына (күндизги, сыртқы, кешки, арнаўлы сыртқы билимлендириў түрлери) және магистратура қәнигеликлерине төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилген (соның ишинде, дифференциалластырылған төлемли контракт тийкарында оқыў нийетин билдирген) абитуриентлер, оқыўы көширилген ҳәм қайта тикленген студентлер және сырт ел пуқаралары оқыўы ушын төлемли контракт қаржыларының биринши ярымын өткериў ҳәм оларды студентлер қатарына қабыллаўды рәсмийлестириўдиң соңғы мүддети етип 2019-жыл 31-декабрь (усы күни де) белгиленди.

Бул ҳаққында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги хабар берди.

 

Ислам Матеков.